⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ВАКУЎМДЫ

Қарақалпақша

кел. Вакуўмға тән, вакуўмға тийисли. ...спектрал әсбаплар вакуўмлы болыўы, яғный олардың оптик бөлеклери, нурланыў дереклери ҳәм қабыллағышлары... болыўы керек (Энңиклопедия). Вакуўмлы еритиў. Металлар менен қосындыларды пәс, қалдық бөлек пенен еритиў. Вакуўмлы материаллар. Вакуўм үскенелери менен қуралларында қолланылатуғын материаллар: конструкциялық материаллар, газ сиңиргишлер, вакуўм майлары менен материаллары (мыс, сынап), цементлер, лаклер ҳәм т.б. Вакуўмлы металлургия. Ҳәзирги металлургия тараўының кең ямаса басқа материаллардан вакуўмлы усыл менен алынатуғын ең керекли тараўларының бири. Вакуўмлы печь. Металда онлаў (қыздырыў, еритиў) вакуўм менен ислейтуғын печь. Вакуўм печь металлды газлер, ҳәр қыйлы араласпалар, металл емес қосындылардан нәтийжели тазалаў мүмкиншилигин береди (Энңиклопедия). Вакуўмлы насос. Вакуўмлаў, оны жоғарылатыў ҳәм сақлаў ушын қолланылатуғын қурылма. Вакуўмлы техника. Вакуўмды алыў, сақлаў ҳәм оны өлшеў ушын қолланылатуғын усыллар менен қурал-жарақлар жыйындысы.