⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ВАДОЗ

Қарақалпақша

вадоз суўлары, атмосферадан келип шыққан жер асты суўлары. Қар, жамғыр, теңиз суўларының ҳәр түрли таў жынысларға сиңиўинен пайда болған тәбияттағы суў айланысына тийисли жер асты суўлары. Вадоз суўлары атмосфера суйықлықларының жер қабығының жоқары қатламларына сиңип кетиўи (инфильтрациясы) ҳәм бир бөлеги таў жынысларының бослықларында суў пуўының конденсациясы нәтийжесинде пайда болады (Гидрохимиялық сөзлик).