⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БӨклерИЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Аттың ериниң артына бир нәрсени теңдеп қанжыға менен байлаў, артыў. Шопан тезлик пенен бир атқа минип, бир атты жетелеп, тор саўытты атқа бөклерип жолға рәўана болады (ққ.х.е.). ... бек саўытгы артына бөклерип Айпаршаны Сандалға минғизди («Мәспатша»). 2. аўыс. Алдына адам салмаў, басқаларды артта қалдырыў. Арыслан Мырзаевичтей жүз пара алыўшыны бөклерип кететуғын не бир шойдықлардың кемеси қайырлап, ескегин жоғалта баслады (М.Нызанов).