БӨТЕКЕ
Қарақалпақша
ат. Адамдардың, жанлы-жаныўарлардың аўқат сиңиретуғын ағзасы.
— Көзиниң асты, қабағының үсти-әм исейин деген өзи, бөтекеси аўыратуғын қусайды-аў (М.Нызанов).
— Аўырыў бөтекеңде.
Қуўық бөтекениң хызметкери (М.Нызанов).
0 Бөтеке бет — бөтекеге усаған гөшли бет.
Көптен алалмайсаң бул сөзден орын, Бөтеке бетлисең, бирақ зор мурын (Әтеш).