БӨРТТИРИЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Жибитиў, жумсатыў, жумсаптыў.
...сөкти қатыққа бөрттирип бир зерен етип ишип алды бала (ққ.х.е.).
...үш ўақыт бес қосыўыстан арпа бөрттирип, суў орнына сүт, пишен орнына беде берип бағатуғын еди (М.Дәрибаев).
2. Улғайтыў, күшейтиў, асырыў.
Еситкенин асырып, бөрттирип айтыўшылар да жоқ емес,... (К.Султанов).