БӨРТИК
Қарақалпақша
ат. 1. Бәҳәр келип, ҳаўа райының жылыныўы менен тереклердиң бөртик шығарып көгере баслаўы.
Жерлер көкледи, ағашлар бөртик ашты (А.Бекимбетов).
2. Денеде өсип шығатуғын тери кеселлиги, өсимте, жара.
Бөртиклер дөслеп кулақтың артына, бет жүзи ҳәм мойынға, кейин ала пүгкил денеге тарқалады (газетадан).