БӨКСЕ
Қарақалпақша
ат. Адамның ямаса хайўанатлардың белиниң төменги жағы, артқы жағы, куйрығы, еки жамбастың тусы.
... Қозғалады бөксеси, Дәрман берип атасы («Алпамыс»).
Өткергенде он жетинши бәҳәрди, Түсти бөксесине шашлары сүмбил (И.Юсупов).
0 Сал бөксе — жай басар, әсте жүретуғын, жай қозғалатуғын, мампыс.
... несин айтасаң, тап оның өзи сал бөксе ғой, шырағым (Ө.Айжанов).