БӨЗДЕЙ
Қарақалпақша
кел. Бөзге усаған, бөз сыяқлы.
Еки бетиниң алмасы суўға малып сыққан бөздей (Т.Қайыпбергенов).
Сарай алдындағы датқа жайдың алдында бөздей болып безирейип Юсуп турыпты (К.Мәмбетов).
... түри бөздей ағара баслады да қабағы қатты үйилгенликтен көзи үшмүйешликке усап кетти (Ш.Сейтов).