БӘСЕКИЛЕСИЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Биреў менен жарысыў, сондай дәрежеде болыўға тырысыў.
Қазақлар усы сапарға кимниң аты шыдамлы деп бәсекилести (Қ.Айымбетов).
Шаңарақ көрген қатынның қызлар менен бәсекилесиўи қыйын деп айтысатуғын еди ғаррылар (К.Мәмбетов).
ф. 2. экон.
Жарысқа түсиў, дәрежесин көтериў, конкуренция.
Меншиктиң ҳәр қыйлы формаларын дүзиў, олардың еркин бәсекилесиўи ушын жол ашып бериў басқарыўда үстемлик усылларын жоқ етиў (газетадан).