⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БӘСЕКИ

Қарақалпақша

ат. I Жарыс, талас, ерегис, қызғаныш, күншиллик, тартыс. Мынаў ерлер менен бәсекиде жүрген еди (К.Султанов). Бул журты орыс патшасы менен Инқышыл деген елдиң патшасы «мен бурын қол астыма аламан» деп «бәсеки тартыста екен» (К.Султанов).
ат. II экон. Жарыс, конкуренция. Жыллар өтип китаплар жасап атыр ҳәм техника әсиринде де бәсекиде шетке шығып қалмады (газетадан). ...гигант автомобиль ислеп шығарыўшылар менен ҳақыйқый бәсекиге түседи деп болжаў айтты (газетадан). ... — бәсекиге шыдамды мийўе-овощ өнимлерин жетистириўди, сондай-ақ, мийўе-овощ өнимлерин экспорт етиўдиң диферсификацияланыўын тәмийинлеў (газетадан).