⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БӘРЖАЙ

Қарақалпақша

р. Ҳәммеси исленилип болынған, толық, кемиссиз, пүтин, ҳәммеси өз жайында, орынлаў, тамамлаў, питкериў, мүлтиксиз питкен. Кеўил тасқын болса, ҳәммеси де бәржай (Ө.Хожаниязов). 0 Бәржай етиў — орынлаў, питкериў, жағдайластырыў. Едигени бәржай етти қолға алып, Жолда айтты ели болып шайқалып (Әтеш). Бәржай болыў — питиў орынланыў, бежерилиў. Барлық ис бәржай болды (Ж.Аймурзаев). Бәржай табыў — мақсетине жетиў, кеўили жәмлениў, нийети болыў. Ҳасла сырды душпаныңа билдирме, Сонда исиң бәржай табар ел ушын (С.Мәжитов). Бәржай келтириў — барлық нәрсени кеўилдегидей питкериў, орынлаў. Дослықты бәржай келтирип, Ақыл берип өтейик (Бердақ).