⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БӘНДИРГИ

Қарақалпақша

ат. I Жолдың кесилискен жери. Таяр болды Алпамыс, Жары жолға келгенде, Бир бәндирги ақ төбе, Ақ шәшме деген жерлерге («Алпамыс»). ... еки жолдын бәндиргисинде сарсаң болып қалғанымды сезип терең ойға батып,... (А.Бекимбетов).
ат. II Жуўмағында, ара-арасында, тоқтамында. Бай қусбегиниң ҳәр гәпиниң бәндиргисинде — тыныспасында кубылып, қыпылыклап, бет-аўызы түрли муқамда қубылып, шыбынлаған жылқыдай бөксеси тыныспасыз былғаңлап турды (К.Султанов).
ат. I II Қала ҳәм аўылларда үлкен жол бойында транспорт кураллары (автобус, маршрутлы такси) ушын тоқтаў орны. Дүканды бир айландым, жақынырақтағы автобус бәндиргисине бардым, жоқ (М.Нызанов). Бәндиргиге келип тоқтаған жөнелисли такси ҳәп заматта лыққа толды (газетадан).