БӘЛЕМӘТЕР
Қарақалпақша
кел. 1. Өлим-житим, қәўип-қәтер, бахытсызлық, апатшылық.
Сизлер менен бизлерди бәле-мәтерден аман сақлап қалар еди (Қ.Аралбаев).
Бәле-мәтерден аман болса, быйыл бир неме болар, — деп Улбосын екеўи куўанысатуғын еди (Н.Дәўқараев).
2. Жала жабыў, ғәремет етиў, жамандық ислеў.
Қолда барды тартып алды, Бәле-мәтер артып алды (Бердақ).
Сарпай берди тартып алды, Бәле-мәтер артып алды (Бердақ).