БӘЛЕДЕЙ
Қарақалпақша
кел. 1. Жаман көриў, жек көриў.
Мешитке келгеннен соң көп узамай-ақ зериктим, молланы бәледей жек көретуғын болдым (Ә.Шамуратов).
Истен қашқанлардың бири, «Бәледей» көринген түри (Ш.Артық).
2. аўыс. Өлим, апат, әжел, қүдирет.
Мурынлары жуп теңгелик қазандай, Тәңирден келген бәледей (Қ.Айымбетов).
Айбатына қарасаң, Сапар айдың ишинде, Туўры келген бәледей («Мәспатша»).
0 Бәледей көриў — жүдә жаман көриў, жек көриў.
Жәмийланың куйқасы жуўлап, кемпирди бәледей көрип аларып қарады да, шыдай алмай жылап жиберди (К.Султанов).