БҮРМЕ
Қарақалпақша
ат. Илип алып жыйнап тиккен тигис.
Гүлнара көйлегиниң бүрмесине көп қарап турды, ... (газетадан).
0 Бүрме қалта — кишкене қалтаның аўызын жыйрық етип тигиў, баў өткериў ушын қолайластырылып иеленген, жыйрыклы аўыз.
... кемпир сөк салыў ушын бүрме қалта тигип қойды, ... (ққ.х.е.).
Көкирек бүрме көйлек - көкирегинен бүрме етип тигилген көйлек.
— Мениң өз үйимнен әкелген еки штамповка, үш өтирик шайыдан тигилген көкирек бүрме көйлегим бар еди (Ө.Айжанов).