БҮЛБИЛ
Қарақалпақша
ат. 1. Шымшыққа усаған сести жағымды, жақсы сайрайтуғын қус.
Ишинде бүлбил сайрады, Мийўелер писип жайнады («Қырқ қыз»).
Сонындай келбетли күйгелек көзли, Бүлбил сайрар оның сөйлесе тили (Омар).
Бул қандай қустың сести, бағқа әжайып бир бүлбил кирди («Алпамыс»).
2. аўыс. Сөйлегиш, сөзшең, шешен, жақсы ҳаўазлы адам, хошҳаўаз киси, адам.
Тил, бүлбил мәканы дейди елинди, Пахтаның ўатаны дейди жеринди (И.Юсупов).
Бир қыз қол былғаса бермаған кел деп, Бүлбилим бол, мен саған қызыл гүл деп (А.Дабылов).
Бүлбилди гүлинен, гүлди бүлбилинен айырып, жапырақтай солдырған да сен урыс (Ө.Хожаниязов).
0 Бүлбилгия — гүл бағшадағы бүлбил, бағлардағы бүлбил.