БҮКШИЙИЎ
Қарақалпақша
ф. Бүкирейиў, қунышланыў, ийилиў, иймейиў, еңкейиў.
Тилеген тум-тусына көз жиберип қарап еди, қуранға үңилип, бүкшийип қатарласып отырған жигирмалаған ул балаға, еки қыз балаға көзи түсти (Қ.Айымбетов).
Бийтаныслардың бири қабырға сүйеклери қаўсап, бели бүкшийген арық ғарры екен (К.Смамутов).
Соқыр ғарры да бүкшийип, Салды қарыўын кекшийип (Бердақ).