⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БҮЙИР

Қарақалпақша

ат. Жамбас пенен қабырғаның арасы, еки аралықтың еки қапталы. Әйнектиң саңлағынан кирген суўық самал тынбай еситилип, Султанмураттың оң жақтағы бүйири тәўир-ақ тоңа баслады (Ш.Айтматов). Дуйым журтқа сондай болса қәдириң, Қатық ишип шығыппеди бүйириң (ққ.х.қ.). Ол бүйирин таянып, мени қыр дөгерек айлана баслады (М.Нызанов). Жылай-жылай үни өшер, Жекке шыққан үйириңнен, Басына күнлер туўғанда, Қолың кетпес бүйириңнен («Қоблан»). 0 Бүйири бурыў — ғамхорлық етиў, өзине бейимлеў, баўырына тартыў, аяў, қайырқомшылық қылыў. Барлығы бүйири бурып, сыйлап аяса да айтқанын қылмай ашыў менен ешкини базарға арқалап барыпты (Ж.Аймурзаев). Бир бүйирлеў — а) қарынлаў, қапталлаў. б) өзин шетке алыў, адамларға қосылмаў. Сәлийма мудамы көпшиликке қосылмай, бир бүйирлейди де жүреди, — деп бригадир өзинен-өзи тоңқылдады (К.Султанов). Бүйирине қараў — төмен қараў, жуўап бермеў. Нар буўрадай жарайды, Өз бүйирине қарайды (А.Бегимов). Бүйирин жарыў — қапталын айырыў, тесиў, бузыў, сындырыў. ...томпақ бас тарғыл буға қой қораның бүйирин жарып кеткен екен (К.Смамутов).