БҮЙЕН
Қарақалпақша
ат. Тоқ ишектиң ең ақырындағы жуўан жери, желинген аўқатты туратуғын ишки мүшеси, кишкене қарын.
Ишек-қарынның бүйенин өз алдына алып қойыўды ескертип қойды олар ҳаялға (газетадан).
0 Бүйен емшек — бүйенге усаған жуўан емшек.
Бүйен емшеклери салынып, Саўдырғысы келип адым атады (Ж.Аймурзаев).