БЮРОКРАТ
Қарақалпақша
(бюро+грек.
kratos — қудирет, ҳәкимият) ат. Ийелеп турған лаўазымынан өзиниң жеке мәпин гөзлеўши, қағазпазлықты хош көриўши, менмен, тәкаббир.
Көргеним бар ғой адамларды, Бюрократ дейтуғын еди халық оларды (Б.Исмайлов).
— Аўа, қатты бюрократ адам болса керек (Г.Изимбетов).