БЮРО
Қарақалпақша
ат. 1. Қандай да бир шәлкем, кәрхана ҳәм т.б.
басқарыў ислерин алып барыў мақсетинде сайланатуғын яки қабыл етилетуғын коллегиалық орган; усы орган өткеретуғын мәжилис.
Бюро ағзалары.... 1925-жылдың апрелинде партияның Қарақалпақстан шәлкемлестириў бюросының жуўаплы секретары ўазыйпасынан босатылады (газетадан).
Сен бунда исиңнен есап бер, мен бюрода есап беремен (Ө.Хожаниязов).
2. Айырым мәкеме, шәлкем яки олардың бөлимлериниң аты.
Маглыўматлар бюросы.
Машина бюросы.
Конструкторлық бюро.
Мәжбүрий орынлаў бюросы, «Өзстанларт» агентлиги, Қарақалпақстан сынаў ҳәм сертификатластырыў орайы» мәмлекетлик кәрханасының экспортқа көмеклесиў бюросы (газетадан).
Мәжбүрий орынлаў бюросы басшылығына шығындыны жыйнап алыўға мәмлекетлик — жеке меншик шерикликти кеннен енгизиўди нөзерде тутатуғын анық усыныслар киргизиў ўазыйпасы тапсырылды (газетадан).