БЫЛЫҚТЫРЫЎ
Қарақалпақша
былығыў фейилиниң өзгелик дәрежеси.
Бул адам болмайды екен, Рубен Исакович! Исти былықтырды (Ш.Сейтов).
— Сайымбе-еет! Сайымбет былықтырды! (Ш.Сейтов).
Заңғардың баласы жумысын былықтырып, я кешигип келиў дегенди сирә билмейди-аў (М.Нызанов).