БЫЛАҒАЙ
Қарақалпақша
р. 1. Шатақ, жәнжел, даў.
Киргизсе де малақай, Салсадағы былағай, Иске аспады таяғы («Қырқ қыз»).
Аўыл иши былағай болып кетти, Ел үрикти мылтықты қаратқанда (Ж.Аймурзаев).
2. Даўыл, боран, қарлы ямаса жаўынлы суўық.
Былағай салған боран өрден-ыққа шапты (газетадан).
Бир күни таң қараңғысынан күн былағай екен (Х.Сейтов).