БЫЛАЙ
Қарақалпақша
р. 1. Оңаша, шет, дара.
Былай шықсаң — тум-тус жанып тур (Ө.Хожаниязов).
Өзинен былай үйинде, Еки аяғы гөринде, Әкеси байғус төринде, Уйқыламастан ояў еди (Бердақ).
2. Буннан кейин, алдағы ўақытта.
Бәҳәрде ашылар бағы м да лалам, Буннан былай ўайран болар қалам («Мәспатша»).
3. Усы қәлпинде, сол дережеде.
Онда былай деген еди: Сейпил әлди еңди мениң нем кетти, Кунына бир қырман буўдайым кетти (С.Хожаниязов).
4. Есапқа алмағанда, еске алмағанда, шетке қойғанда, айтпағанда, солай қойғанда.
Оның сөз тапқанына ашыўланыў былай турсын, кайтама мәс болып, ҳәммеден қаттырақ ҳәм көбирек күледи (Т.Қайыпбергенов).
Бағына түсиў былай турсын, егер ғайры адам қасынан өтсе, табанын тилип дуз куяр еди (С.Хожаниязов).
5. Анығын айтқанда, тоқетерин айтқанда, дурысын айтқанда, расын айтқанда, шынын айтқанда, тәқәллесин айтқанда.
Еңди былай болған соң барлық жарлылар болып, бирлесип залымдарға қарсы гүрес алып барайық (К.Ирманов).
— Мен былай ойлайман, Палсәнем,— деди атам тақыясын басынан алып, — тандырды атыздың арғы шетине қурыў керек (М.Чимбергенов).
Былай деди ең тәўиби дүньяның: - Шаша бериң еңди талап жыйғаның (Т.Жумамуратов).
0 Гейде былай, гейде олай — өзгермели, айнымалы, турақсыз.
О, адамның нәзик кеўли! Сен мисли сынаптай гейде былай, гейде олай жалт беретуғын әдетиң бар-аў (Ө.Хожаниязов).
Былай-былай шықпаў — ҳеш қайда шықпаў, жүрмеў, қозғалмаў.
«Егинге ким қарайды, малларды ким бағады» — деди де, соларды айланшыкдап былай-былай шықпады (Қ.Айымбетов).