БУҚҚЫШЛАЎ
Қарақалпақша
ф. Буғып жүриў, еңбеклеп жүриў.
Буққышлайсаң өз бойыңды жасырып, Сыр билдирип периштеңди қашырып («Мәспатша»).
Буққышлап, изине қунтыйып түсип отырдым (Ә.Шамуратов).
Аманқос буққышлап барып биреўин тап маңдайынан атып қулатты (К.Жуманиязов).