БУҒЫН I
Қарақалпақша
ат. 1. Адамның, хайўанлардың ҳәм де жанлы-жаныўарлардың сүйеклериниң ҳәр бир байланысқан, түйискен жери.
Бармақдарының буғыны жоқ па деймен? (Ө.Хожаниязов).
Көп сарсылып буғыныңды босатпа, Мәртлик еткил қайғыланба Гүлайым («Қырқ қыз»).
Услап алып баланы, Буғынба-буғын, шаба алмай, Жән-жағына қарады («Мәспатша»).
2. Мәлим бир бөлек.... шаңарақ жәмийеттиң тийкарғы буғыны есапланады (газетадан).
Қарақалпаклар XV әсирде Сырдәрьяның орта буғынында өз ханлығын дүзиўге ҳәрекет жасаған (К.Мәмбетов).
3. Қамыс, шиңгирик, ҳәм басқа да өсимликлердиң ҳәр бир буғазағы, бөлеги.
— Мен ол көлдиң қамысларының буғынына шекем таныйман, — деди Егор (К.Султанов).
0 Буғыны босасыў - жибисиў, балқыў.
Кем-кемнен буғынларым босасып, талықсып баратырғанымды сездим (Ш.Сейтов).
Буғынсыз тил — шешен, сөзшең, сөйлемшек, сөзшил.
— Тил дегенниң буғыны болмайды, жасүлкен (Т.Қайыпбергенов).
Буғыны қатпаў - жетилиспеў, ержетпеў, қамалына келмеў, қатаймаў.
Буғыны қатпаған балаларды қалмақтың ханы өлтирип, ол аман қала қойса «мени де алым-салықтан қутқарар» деген мақсет пенен узақ сапарға жолдаған еди (ққ.х.е).
Буғынлары бекиниў - ержетиў, бой жетиў, беккемлениў.
Назды кемпир Қалийланың сөзинен жигер алып буғыны бекисти (К.Султанов).
Буғынлары бекимеў — ержетпеў, бой жетпеў, беккемленбеў.
Басы қатпаған, буғыны бекимеген, дүз көрмеген жалғызды жиберип қала бердик (К.Султанов).
Буғынлары пытырлаў — гүтирлеў, шытырлаў.
Зәмберди Бекбосын жарыса көтергенде, дене буғынлары пытырлап, аяғын бир-еки рет шатастырып басты (К.Султанов).
Буғынлары қалтыраў - дирилдеў, қорқыў.
Түси өзгерип, буғынлары қалтырап кетти (А.Бекимбетов).
Буғын-буғын — көп буғынлы, буғынлы.
Бармақлары буғын-буғын, Бес жүз тилла болды шығын (Бердақ).
Буғын аяқ — аяқдардың буғынлары, буғынлы аяқ.
Айдаўда көзиң жаўдырап, Буғын аяғың салдырап, Қалдым артында зар жылап, Сүйген ашығым қайтып кел (Күнхожа).