БУҒРА
Қарақалпақша
ат. Түйениң кестирилмеген, пиштирилмеген түри, еркек түйе.
Түйе болсаң малдан озған.
Буғра көрсең арқан қозған, Шилпе-шилпе көзиң тозған, Бәрин түйем көрермисең (Күнхожа).
Бизлерде көп шерли жүрек, Кими буғра, кими үлкен, Қайтпас жүрек, талмас билек, Қол усласып бассаң кетер? (Қ.Ирманов).