⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БУХГАЛТЕР

Қарақалпақша

есапшы. Бухгалтериялық есап-санақ жүргизиўши маман, қәниге. Себеби, бухгалтер екеўи алдыларындағы жайыўлы бир қағазға қарап, сыбыр-сыбыр пиштиўлесип отыр (Ө.Хожаниязов). Ишинен шықты үш киси, Бухгалтер, баслық Абадан, Биреўи шаққан жүриси, Қолында киши чемодан (Б.Қайыпназаров). — Отырың, демек бухгалтерсиз. Директор маған бир нәрсени айта алмай турғандай, иркилиңкиреп барып басын шайқады (М.Нызанов).