БУРЫМ
Қарақалпақша
ат. Ҳаял-қызлардың шашларының бөлек-бөлек етип өрилиўи, өрилген шаш.
Алтын шаш ғәриптиң бурымларын кесип, белине арқан байлап, ийнине торсық салып, қолына таяқ услатып, буны да қойдың кейнине салады («Алпамыс»).
... қәддин дүзеп, айнаға қарап, бурымларын бурап, тулымларын таллап, тислерине тишўан жағып, жилўа менен қасын қағып... («Мәспатша»).