⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БУРЫЛЫЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Белгили бир тәрепке бағытлаў, бет алыў, бағдарлаў. ... нурлы көзлери менен оның қүдиретли сымбатын узатып екинши көшеге бурылды (А.Бекимбетов). Аяғын ғаз-ғаз басып терезени үш рет шертти де, есикке қарай бурылды ... (Т.Қайыпбергенов). 2. Бурыла қараў, айланып қараў, қайырылыў. Ол кейнине бурылып бир ҳәдийсени гүрриң ете баслады (С.Хожаниязов). Ҳаял анда-санда бурылып қарайды (Н.Дәуқараев). 3. Өзгериў, айныў, басқаша болыў. Ол жигиттиң басындағы бул ойды тарқатпаса истиң бети басқа жаққа бурылыўына сөз жоқ деп ойлады (Ө.Айжанов). Мына ҳәдийседен кейин оның бети басқа жаққа пүткиллей бурылды (Ө.Айжанов).