БУРШАҚЛАЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Көп жаўыў, қуйыў.
Ҳаўадан буршақлап қуйып турған жаўынлар изли-изинен тиртеклесип домалап түсип атыр (А.Бегимов).
2. аўыс. Ағыў, төгилиў.
Қатын алып тарқар иштеги шериң, Ошақ басы болар мәканлы жериң, Буршақлап ағып маңдайдан териң, Хызмет етерсең отыз бес жаста (Күнхожа).