БУНКЕР
Қарақалпақша
(ингл.
bunker — көмир салынатуғын қуты) ат. 1. Дән ямаса пахта терим машинасының терген дән яки пахтасын бир орынға жыйнап, топлайтуғын бөлеги.
2. Қум, тас, цемент, дән, көмир ҳәм соған усаған нәрселерди қысқа мүддет сақлаў яки тасыўға арналған ыдыс.
3. Қорғаныў ушын мөлшерленген жер асты жайы, орны.