⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БУЛДЫРАЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Елеслеў, еленлеў, зордан көриниў, булдырланып көриниў. Австрияның Алп таўлары басында қонакдаған бултлары көринип, алыстан булдырап узақлап-узаклап қала берди (Қ.Айымбетов). Тут ағашлары алыстан булдырап көринеди (Ө.Хожаниязов). 2. Тынып қалыў, қамасыў, гүнгиртлениў. ...көзиниң алды булдырап, бирден кулады (Н.Дәўқараев). 0 Көзи булдыраў — жақсы көре алмаў, қамасыў, гүнгиртлениў. Әлбетте бузылды деген сөз, арнамыстан айырылды деген сөз, қәпелимде Әметтиң қаны қызып, көзиниң алды булдырап сала берди (Ө.Айжанов). Дала көркин сиңирип өз бойына, Қарамықтай қара көзи булдырап (И.Юсупов).