БУЛДЫР
Қарақалпақша
кел. Анық емес, ашық емес, гүңгирт, емески.
Бизге де Алма айтқан бахытқа жетиў ушын булдыр белеслерден асыўға туўра келди (Ө.Айжанов).
Күн еңкейип қалғанлықтан жер бетинде булдыр сәўле ойнап тур еди (К.Смамутов).
0 Булдыр-булдыр көриниў — алыстан зорға қөриниў, гүңгиртленип көриниў, елеслеў.
Хорезмниң қаласы, Булдыр-булдыр көринди («Қырқ қыз»).
Айпарша қалған Ала таў, булдыр-булдыр көринди, зорға көзи шалды («Мәспатша»).