⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БУЙЫҒЫЎ

Қарақалпақша

ф. Уйқысыраў, уйқы тартыў, уйқыға берилиў, мүлгиў. Сүйенип нәҳән көпшикке, Басын тығып буйығып («Қырқ қыз»). Ал, артында жанбаслаған жас жигит, Буйығады әлле тоңып мүлгийди (И.Юсупов). Соның арасында буйығып кетти (Ө.Хожаниязов).