БУЙЫРТЫЎ
Қарақалпақша
ф. буйырыў фейилинин өзлик дәрежеси.
Бир нөрсе ислеп бериў, таярлаў ҳаққындағы тапсырма, талап, буйыртпа бериў.
Баяғы устаға буйыртқан үй питкен екен (К.Султанов).
Дүканшыларының түсликке шығып атырғанын сезген ол чайханаға келип, бир чайник чай, бир ләкки палаў буйыртты (Ш.Сейтов).