БУЗЫҚШЫЛЫҚ
Қарақалпақша
ат. 1. Араға сөз салыўшылық, биреўди биреўге қарсы қойыў, урыстырыў ислери менен шуғылланыўшылық ҳәм т.б.
Сондай болса бузықшылық етпесин! (А.Бекимбетов).
...ис жүзинде түрли ҳарамы бузықшылықлар ислейтуғын дүмше молдаларды, хожа-суўпыларды ашшы өткир тил менен өлтире критикалады (Қ.Айымбетов).
2. Жеңил минезли ҳаял-қызлардың жынысый қатнас арқалы пул табыўы.
Адам саўдасы ... инсанларды аўыр шараятларда мийнет етиўге, куллық, мәжбүрий донорлыққа, қызларды бузықшылыққа мәжбүрлеў ҳәм басқа да мақсетлерде пайдаланыў сыяқлы жеркенишли көринислери менен белгили (газетадан).