⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БУЗЫЛЫЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Кулаў, қыйраў, сыныў. ... бузылған, сынған мүлкиңизге бир-еки гүўалардың қатнасы менен акт дүзип бизге әкелиң! — деп капитан трубканы қойды да кабинеттен шықты (А.Бекимбетов). ...трактордан басқа аўыл хожалық машиналарының бузылған жерлерин дүзете алатуғын темирши баланы көрсетеди (Г.Есемуратов). 2. Бүлиниў, ўайран болыў. Усталы ел дүзелер, Қассаплы ел бузылар (ққ.х.е.). Шаңарағым бузылды, тарап кетти (А.Бекимбетов). 3. Өзгериў, айныў. Түн ортасында түнниң райы қәпелимде бузылды (К.Султанов). Нардек болып сөз билдиңиз, Қызыл көрип бузылдыңыз (Әтеш). 0 Бузылып-дүзелиў — бир нөрсениң бузылыўы ҳәм онланыўы, жақсарыўы, сазланыўы. Урыс ўақтында бул кемпирдиң үсти думан, қара түгин, күнде бузылып-дузелип туратуғын еди (Қ.Айымбетов). Кеўил бузылыў — өзгериў, айныў, жибисиў, жуўасыў, ыдыраў, жыламсыраў, өзин услап тура алмаў. Ата дедиң пүткил кеўлим бузылды, Кәбап болды, жанды баўырым езилди(«Мәспатша»). ...гөне патлақты, гөне дәртти айтып өкпелесип, қаяқгағылар ойға түсип кеўли бузылып жылап отырғанлар да табылады (Қ.Айымбетов). Турмыстан бузылыў — адамгершиликтен, бала-шағадан, шаңарақтан айырылыў. Оразбай Нурбаевтың турмыстан бузылып, өз ҳаялын қуўып жибергени туўралы тексериў жуўмағын хабарлады (А.Бекимбетов). Уясы бузылыў - ордасы ўайран болыў. Ҳәррелер ушыўбан пәрўана болур, Уясы бузылып палдан айрылса (Әжинияз). Топары бузылыў — таралыў, дағыў, дағысыў, тарап кетиў. Атлылар тобы бузылып, толқынласыўға қарады (Т.Қайыпбергенов). Түси бузылыў - өзгериў, кубылыў, айныў. Түсиниң бузылғанын көрип, Өтемурат оннан сайын шаншыўына тийди (К.Султанов). Күнниң, ҳаўаның бузылыўы — булт басып ҳаўанын өзгериўи, даўыл болыўы, жаўын жаўыўы. Бираздан кейин күн бузылып жаўын да жаўды (А.Бекимбетов). Азық-аўқаттың бузылыўы — Азық-аўқаттың ийисленип, жеўге жарамсыз аўҳалға келиўи.... қутының ишиндеги қалдық ет пенен балықтың ийисинен үйдиң ҳаўасы бузылып та кетти (Қ.Айымбетов).