⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БУЗБАЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Шатақ шығармаў, бүлдирмеў. Садулла бул ўақытта шертек астында бурынғыша отырысын бузбай биймәлел тарқасты (А.Бекимбетов). 2. Қәддин бузбаў, қәддин саклаў, өзгермеў. Сонда да мен айтсам шынын, Қызығы бул ялғаншының, Көппе деймен,... — деди ғарры, Қәддин тиклеп, бузбай сынын (И.Юсупов). 3. Бөлмеў, оятпаў, бөлип тасламаў. Ханымның уйқысын бузба жолаўшы, Кел ерсең күң шығып таңлар атқанда («Қырқ қыз»). 4. Сөзинде турыў, айтылған исти, ўәдени орынлаў. Жигитлериң ушын рахмет, бирақ өзлериңиз қабыл еткен шешимди хүрметлеп, оны бузбаўға ҳәрекет етиң (М.Нызанов).