БУЗАЎЛЫ
Қарақалпақша
кел. Бузаўы бар ана сыйыр, саўын сыйыр.
-Ағайин-туўғанлардың қолында үш-төрт жанлық бар, бир бузаўлы сыйыр бар, соларды сатыстырсам, басқа не? — деди әкем шын кеўли менен (Ө.Хожаниязов).
«Бурынғыны айтпайман, тек еки бузаўлы сыйыр, бес кийим тап та ала ғой», — дейди (Т.Қайыпбергенов).