БРУСЧАТКА
Қарақалпақша
ат. Жолға төселетуғын, бирдей формадағы, тегис ҳәм төрт мүйешли брусок, плита.
Таў жыныслары, таслар ҳәм басқа да қатты материаллардан таярланып, тийкарынан пиядаларға арналған жол қапламасы.
Музей әтирапына абаданластырыў жумысларына 2.2 млрд.
сўм ажыратылып, соқпақларға брусчаткалар төселди (газетадан).
Ҳәр бир мақбараның алдына босағаға дейин реңли брусчаткалар төселген (М.Нызанов).