БРИГАДА
Қарақалпақша
ат. 1. Бир неше полк, батальон яки дивизионнан ҳәм арнаўлы бөлимлерден, теңиз флотында бир неше түрдеги әскерий кемелерден ибарат әскерий-тактикалық бирлеспе.
Танкшылар бригадасы.
Бригада қомандири.
Босқа қайтқанымыз жоқ, душпанның танк бригадасы жайласқан жер хақкында мағлыўмат алып қайттық (Ө.Айжанов).
2. Ҳәр қыйлы кәсип ийелериниң мийнеттиң белгили бир түрин биргеликте орынлаў ушын дүзилген ҳәм жумыс нәтийжеси ушын үлыўма жуўапкер болған жәмәәт, мийнеткешлер топары.
Бригада дүзилиў.
Курылыс бригадасы.
Медиңиналық жәрдем бригадасы.
Салы бригадасы.
Республикамыз бойынша қыстаўлы медиңиналық жәрдем бригадалары 126 болған болса, қосымша 12 бригада иске түсирилди (газетадан).
«Тез жәрдем» станциясының бас шыпакери түнги нәубетшиликте турған бес бригаданың шыпакерлерин алдына шақырды (М.Нызанов).
Салы бригадасының атызларында, канал хәм жаплардың бойларында комбайн, автомашина ҳәм тележкалардың арқайын жол жүриўи ушын усы бөлимниң узақтағы бригадасынан бульдозер шақырылды (Т.Нажимов).
0 Конъерт бригадасы — бир топар қосық ҳәм түрли қызық ойынлар көрсететуғын шәлкем, уйым.
Бир күни Венгрияның аўылында Москвадан келген конъерт бригадасы бизди қарсы алды (Қ.Айымбетов).
Жаслар бригадасы — Жаслардан дүзилген шәлкем, уйым.
Жаслар бригадасы ғажжа-ғаж иске киристи (Т.Қайыпбергенов).