БОЯЎ II
Қарақалпақша
ф. Бир нәрсени басқа түрге айландырыў, көркемлеў, нағыслаў, сырлаў.
Ол аўылға араласқанда, қуяш батыўға мейилленип, батысты қызылға бояп жиберген ўақыт еди (Т.Қайыпбергенов).
... айналардың ҳәммесин тез бояп болды (газетадан).
2. аўыс. Өлтире сабаў, барлық жеринен қан шыққанша қатты сабаў.
Жақсы адам жағар шийрин жаныңа, Жаман адам бояр қызыл қанына (Бердақ).
Биреўин өз қанына өзин бояп, тағы илгериледик (Ө.Хожаниязов).
0 Көз бояў — алдаў, жөгисиреў.
... халықтың көзин бояп, ис жүзинде түрли харамы бузақышылықлар ислейтуғын дүмше молдаларды көриўге болады (газетадан).
— Сиз буны қалай аман алып шықтыңыз? — депти патша.
— Бул көз бояушы! — деп шуўласыпты халық (М.Нызанов).
Жерди бояў — жерден көктиң жасарып шығыўы, көклеўи.
Жасыл түске жерди бояп, Жүрди бәҳәр айдай көрик (И.Юсупов).
Көркем бояў - шығарманы образды етип дөретиў, пайда етиў.
Солай да автор саўаш майданына характерли көркем бояуды өз алдына береди (Г.Есемуратов).
Бояўы бос — жуўас, ыңғайы бос, әлпайым.
Дәрменбай күтә бояўы бос адам (Т.Қайыпбергенов).