⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БОТУЛИЗМ

Қарақалпақша

ат. мед. Аўыр инфекциялық кеселлик. Организмниң зыянлы ботулинос баклериясы менен зәҳәрлениўин аўқатлық затлар (колбаса, балық ҳәм т.б.) келтирип шығарады. Ботулизм кеселлиги — аўқаттан зәҳәрлениўдиң аўыр түри болып, өткир ҳәм жүдә аўыр токсико-инфекция түрине кирип, адамның орайлық нерв системасын зыянландырыўшы ҳәм өлим көрсеткиши менен кешетуғын кеселлик (газетадан). Ботулизм кеселлиги жуқпалы емес, яғный бир адамнан басқа адамға жуқпайды (газетадан).