БОТИНКА
Қарақалпақша
(р. ботинка < фр.
botte - етик) Қонышы тобықтан өтип тирсекке келетуғын баўлы яки замоклы аяқ кийим.
Жалаңаяқ киятырғанларына енди ботинкаларын кийип алыў туўра келди (Т.Қайыпбергенов).
Сайымбет жолаўшының аяғындағы жаман-жаман, ултаны шыжым менен шандылған қонышлы ботинкасын шешип, есик бетке зынғытты (Ш.Сейтов).