⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БОТАНИКА

Қарақалпақша

ат. Өсимликлер дүньясын изертлейтуғын илим. Ботаника пәни. Ботаника сабақлығы. Мысалы, ботаника — өсимликлердиң раўажланыў нызамлықлары менен шуғылланады (П.Сейтов). «Ботаника»дан бир семестр сабақ өттиңиз. Есиңизде ме, собыкды егинлер қайсылар, масақлы егинлер қайсылар деп ортаға саўал таслап, өзиңиз жуўабын айтар едиңиз (М.Нызанов). 0 Ботаника бағы — илимий-изертлеў, оқыў-өндирислик ҳәм мәдений-ағартыў мәкемеси болып, өсимликлерди үйрениў ҳәм өсириў ислери менен шуғылланады. Гүлден-гүлге, мийўеден-мийўеге ушып қонып жүрген ҳәр түрли түстеги шырайлы гүбелеклер ботаникалық бағдың жанлы коллекциясын көз алдына елеслетеди (А.Бекимбетов). Ботаника бағы бөлимшесине бөлим аты берилди (газетадан).