БОТА
Қарақалпақша
ат. 1. Түйениң тайлаққа шекемги бир жыллық жас баласы, төли.
Ботасы өлген түйедей, Қуў далада бозлады («Қырқ қыз»).
Гей жерде суўы ботаның көзи ндей жылтыраған кишкене қудықлар бар (Т.Нәжимов).
2. аўыс. Бала, перзент.
Халықтың өз балаларын қулыным, ботам деген сөзлери де шарўашылыққа байланыслы (Н.Дәўқараев).
Бул дүньядан кетип сең, Әрман менен жан ботам («Мәспатша»).
0 Бота көз — жаўдыраған, бадырайған үлкен көз.
Сүзип қарап бота көзин, Отырды қыз жақындасып (Ш.Артық).
Айтмурат ахунның келини, еки бетинен қаны тамғай бота көз келиншек аяқ ушына турып ийилип сәлем етти (Н.Бөрекешов).