БОСҚА
Қарақалпақша
р. Бийкарға, әйтеўир, қуры, мәзи, ешейин.
Босқа өткен ҳәр бир минут Дәрменбайға күтә қымбатлы! (Т.Қайыпбергенов).
Ериншеклик қылдыңыз ба, Болармыз деп босқа ҳәлек? (И.Юсупов).
...ҳәр нәрсени бир ойлап, қуры босқа ыңылдап отыра береди (Ә.Шамуратов).
0 Босқа кетиў — ҳеш пайдасы болмаў, нәтийже шықпаў.
Тактикам босқа кетти, сөйтип мениң, ... (И.Юсупов).
Босқа қалыў — ийелик ете алмаў, ҳеш нәрсесиз, қуры қол қалыў.
Соннан бери көп пайдадан босқа қалып (Ө.Айжанов).
...барлық базар жумысынан босқа қалып мурны сылбырап кешке үйине қайтып келеди (ққ.х.е.).