БОСАТЫҚ
Қарақалпақша
ф. 1. Қутқарыў, шығарыў, ерк бериў, еркинликке ие қылыў, азат етиў.
Жәлладлар Айпаршаның қол-аяғын босатып, төбеден түсирди («Мәспатша»).
...постты жолдасына тапсыра салып, тутқынды босатады (Г.Есемуратов).
Босатты патша торынан, Өз мақсети питкеннен соң (Бердақ).
2. Алып таслаў, шығарыў.
Тәңирбергеновты оқытыўшылық жумысынан босатыў туўралы ҳәр сапар жаңа оқыў жылының басында бир талай даў-жәнжеллер болып, басылып жүрди (Қ.Айымбетов).
Биразлар орнынан босатыў керек деп тийисли жерлерге мәселе көтерди (Ө.Айжанов).
3. Кеңейтиў, жаздырыў.
...мен өзимниң аўҳалыма, қара басымның жағдайына қарап буўылған белди босатыўға тийисли емеспен (Қ.Ирманов).
4. Жумсартыў.
Оған жерлерди босатыў ҳәм жүўерилерди домбықлаў жумысларын тапсырды ...(С.Айний).
5. Орын таярлаў, сазлаў.
Босатты жайдан бир орын, Анасы жәрдем етти де (Ж.Сейтназаров).
6. Ыдыстың ишиндеги затты басқа бир ыдысқа салып босатыў, ишинде ҳеш нәрсе қалдырмаў, бос етиў.
Ол дәудиң барлық аўқатларын да жерге жайластырып, табакдарын босатып береди (ққ.х.е.).
Қоржыныңды, өзимизге бер, босатып беремиз (Т.Қайыпбергенов).
7. аўыс. а) Азат етиў, шығып кетиў.
Мәдемин келип, орнына ие болды, Түркменханлары Хийўаны босатты (Қ.Ирманов).
б) Белгили бир орында ҳеш нәрсе қалдырмай бәрин басқа жаққа шығарыў.
...келген жаўшылар қалада ҳеш нәрсе қалдырмай сыртқа қуўып, қаланы босатты (ққ.х.е.).
Май жағып босатыў — былқылдатыў, жибитиў, жумсартыў, жибистириў.
Егерде жаралары болса май жағып босатып алайық, аўырып жанынды қыйнап жүрер (Ж.Аймурзаев).