БОЛЫСЫЎ
Қарақалпақша
ф. Жәрдемлесиў, көмеклесиў.
Гейде кудаларды дәлкеклейди, ғейде кудаларға болысып, қызға нәсият айтады (К.Султанов).
Партия булардың өсиўине жәрдем етиўге ҳәм олардың шөлкемлесиўине ҳәр жақтан болысыўға тийисли (Қ.Ирманов).
Жамай жаўы менен қызғын шайқаста, Болысқың келе ме ҳеш аянбастан (И.Юсупов).